ТЕҢ ИМКАНИЯТЛАР ҲӘМ ӘДИЛ ЖӘМИЙЕТКЕ ҚАРАЙ!

29.09.2024 05:09:34

Баслы мақсетимиз Конституция ҳәм нызамлар үстинлиги тәмийинленген ҳалда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери қорғалған ҳуқықый мәмлекет қурыў болып табылады.

Әдил ҳәм бийғәрез суд системасын жаратыў арқалы пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин беккемлеў илажларын көремиз ҳәм бул бағдарда төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырамыз:

Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, әсиресе, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ҳуқықый мәденияты, инсан ҳуқықларына бойсыныў жуўапкершилигин түп-тийкарынан арттырыў, мәҳәллелердеги профилактика инспекторларының барлығы жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болыўын тәмийинлеў усынысын алға қоямыз.

«Адолат» СДП ушын жоқары қәдирият бул – инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери болып табылады!

Усы мәқсетте, Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, әсиресе, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ҳуқықый мәденияты, инсан ҳуқықларына бойсыныў жуўапкершилигин түп-тийкарынан арттырыў, мәҳәллелердеги профилактика инспекторларының барлығы жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болыўын тәмийинлеў усынысын алға қоямыз.

Мәмлекетлик уйымлар ямаса ҳәмелдар шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде жеткерилген зыян орнының мәмлекет тәрепинен қапланыўын нәзерде тутыўшы «Мәмлекетлик компенсация ҳаққында»ғы нызам қабыл етилиўин усынамыз.

айдаўшылар тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларын турақлы бузғанлығы ушын нызам ҳүжжетлеринде жаза шараларын күшейтиў, соның ишинде, транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарған ямаса аўыр ақыбетлерге себеп болған жағдайларда өмирлик айдаўшылық ҳуқықынан айырыўды усыныс етемиз.

аймақларда депутатлардың ўәкиллигин күшейтиў ҳәм олардың ҳәкимлер менен ҳуқықый қатнасықларда өз-ара тыйып турыў механизмин жетилистириў мақсетинде жергиликли кеңестиң депутатларына тийисли ҳәкимлерге қарата исенимсизлик вотумын билдириў ҳуқықын бериў тәрептарымыз.

Биз журналист ҳәм блогерлердиң нызам шеңбериндеги жумысына қандай да бир ҳәмелдар шахстың араласыўы ямаса оларға басым өткериўди пүткиллей жол қойып болмайтуғын жағдай, деп есаплаймыз. Бунда қылмыс ушын жуўапкершилик белгилеўди усыныс етемиз

«көп дәрамат тапқан көп салық төлейди» принципи бойынша және әдил ҳәм нәтийжели салық ҳәм бюджет сиясатын әмелге асырыў мақсетинде салыққа тартыўдың прогрессив ставкаларын турмысқа енгизиў ҳәм усы арқалы дәраматлардың теңсизлигин азайтыўға ерисиў.

Биз әдиллик ҳәм ҳақыйқат ушын гүресемиз!

Улашинг!

Фикрингизни қолдиринг

Илтимос жавобингизни киритинг

+